«Устазым» деп, жаслар арқа сүйеген,
Алдыңызда ақ басымды ийемен.
Келешектиң гүлшанына гүл еккен,
Мен муғаллим деген ҳалықты сүйемен. (И.Юсупов)
Әлбетте, шайыр ағамыз И.Юсуповтың бул қосық қатарларын оқып, муғаллим деген кәсип ийелерине болған шексиз хүрметимди қолыма қәлем алып, өз миннетдаршылығымды билдиргим келди.
Мен Шымбай районы турғыны Қобланов Мақсетбай боламан. Бәршеңизге мәлим бүгинги күнде елимизде короновирус пандемиясы себепли перзентлеримиз үйде аралықта оқымақта. Сондай-ақ, «Qaraqalpaqstan» телеканалында берилип атырған телесабақлар арқалы билим алмақта. Усындай сынақлы дәӯирде перзентлеримизди оқытып атырған устазларына рахмет айтпақшыман. Ҳәзирги күнде муғаллимлердиң күш ғайратына, сабырына тән берместен илаж жоқ. Себеби, муғаллимлер перзентлеримизге ҳәр күни телеграм каналы арқалы сабақларын үйретип, ўазыйпаларын тапсырып, аралықтан сабақ өтип атыр. Мениң қызым Алпамисова Гулнур райондағы 15-санлы мектепте оқыйды. Математика пәнинен болып өткен онлайн олимпиада нәтийжеси бойынша Өзбекстан Республикасы көлеминде 1-орынды алыўға мияссар болды. Мине, қызымның усындай нәтийжелерге ерисиӯинде әлбетте, муғаллимлериниң орны айрықша. Сөзимниң соңында бүгинги күн қаҳарманлары есапланған қәдирли устазларға күш қуўат тилеп қаламан. Перзентлеримиздиң бахтына саў саламат болсын!
Қобланов Мақсетбай Алпамысович
Шымбай районы Мәденият сарайы режиссёры.