Бүгин, 13-май күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 8-декабрьдеги «Халық билимлендириӯ системасында билим сыпатын баҳалаӯ тараӯындағы халықаралық изертлеӯлерди шөлкемлестириӯ ис-илажлары ҳаққында»ғы 997-санлы қарарында белгиленген ӯазыйпаларды орынлаӯ мақсетинде Билимлендириӯдиң сапасын қадағалаӯ мәмлекетлик инспекциясы ҳәмде Миллий орай менен биргеликте жәнеде Халық билимлендириӯ министрлиги қатнасында (ZOOM бадарламасы арқалы онлайн) видеосеминар шөлкемлестирилди.
Видеосеминарға Билимлендириӯдиң сапасын қадағалаӯ мәмлекетлик инспекциясы баслығы У.Н.Ташкенбаев, Миллий орай директоры А.Исмаилов ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министри А.Аяпов, Билимлендириӯдиң сапасын қадағалаӯ мәмлекетлик инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы И.Кунназаров ҳәмде билимлендириӯ сыпаты мониторинг бөлиминиң инспектор методистлери, халықаралық баҳалаӯ бағдарламаларына таярлық көриӯ мақсетинде таңлап алынған таяныш мектеп директорлары қатнаcты.
Видеосеминар қатнасыӯшыларына Мәмлекетлик инспекциясы жанындағы Миллий орай хызметкерлери тәрепинен ҳалықаралық баҳалаӯларға таярлықлар көриӯ, бунда таяныш мектеплердиң жумысларын жолға қойыӯ ҳәм раӯажландырыӯы туӯралы айтып өтилди.
Сондай-ақ, алдымызда турған халықаралық баҳалаӯларға ылайық таярлықлар көриӯ ҳәм белгиленген ӯазыйпаларды сапалы орынлаӯда таяныш мектеплердиң әҳмийети, олардың жумысын мазмунлы ҳәм сапалы шөлкемлестириӯ туӯралы усыныслар берилди.