Бүгин, 2-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлигиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасына коронавирус кирип келиӯи ҳәм оның тарқалаӯының алдын-алыӯ бойынша арнаӯлы комиссиясы қарары тийкарында Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы менен биргеликте қарақалпақ тилинде “Онлайн-мектеп” рубрикасы астында өткерилген телесабақларға белсене қатнасқан бир қатар педагог-хызметкерлерди сыйлықлаӯға бағышланған илаж болып өтти. Илажды Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министри А.Аяпов басқарып барды.
Бүгинги күнде коронавирус пандемиясына қарсы гүресиӯ ҳәм оның тарқалыӯын алдын алыӯ бойынша мәмлекетимизде хүкиметимиз тәрепинен кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Усындай бир сынақлы дәӯирде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлиги тәрепинен Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы менен биргеликте улыўма орта билим бериў мектеплеринде билимлендириўдиң үзликсизлиги толық тәмийнлеӯ мақсетин 600 ге шамалас телесабақлар таярлап, оқыӯшыларымыздың нәзерине усынды.
Телесабақларларды эфирге таярлаӯ барысында улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринен ең тәжирийбели пән муғаллимлери таңланып алынып, 138 пән муғаллими ҳәм 11 сурдопедагог белсене қатнасты. Бул дөретиӯши топарды бәршеси сыйлықланды. Яғный, 15 муғаллим “Меҳр саховат” көкирек нышанына, 21 муғаллим Қарақалпақстан билимлендириӯ ағласы, 28 муғаллим Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлиги жанындағы Республика билимлендириӯ орайының Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
Елимизде жәрияланған карантин илажларына қарамастан телесабақларға белсене қатнасып, өз пидәкерлигин көрсеткен дөретиӯши жәмәәтке көп санлы оқыӯшылар ҳәм ата-аналардың атынан миннетдаршылығымызды билдиремиз.