Питкериӯшилер аттестат алыӯы шәрт емес, яғный, Халық билимлендириӯ министрлиги базасындағы мағлыӯмат ДТМ базасына өткериледи. Буның ушын абитуренттиң паспорт мағлыӯматы жетерли. Зәрүр жағдайларда ғана мектеплерде аттестатларды қағаз көринисинде алыӯы мүмкин. Электрон сканер көринисинде де бериледи.
Шерзод Шерматов, Халық билимлендириӯ министри