Усы жылдың 16-19-июнь күнлери Республикамыздың барлық қала ҳәм районларында жумыссыз жаслар менен ислесиӯ ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеӯге арналған илажлар өткерилмекте. Мине, усындай илажлардың бири 16-июнь күни (Беруний, Әмиӯдәрья, Төрткүл ҳәм Елликқала районлары ушын) Беруний районында, ал 17-июнь күни болса (Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районлары ушын) Шымбай районында болып өтти. Илажға Республикамыздағы бәрше министрликлер, районлық бәнтликке көмеклесиӯ орайы, сектор баслықлары, кәрхана, мәкеме, шөлкемлердиң басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Бул илажды өткериўден тийкарғы мақсет – райондағы жасларды жумысқа орналастырыў ҳәм өз исбилерменлигин ашыўға көмеклесиў, оларға керекли мəсләҳәтлер бериў, олардың өз бизнес идеялары тийкарында ислеп шығылған жойбарларын қоллап-қуўатлаў, бизнес жойбарларды əмелге асырыўы есабынан реаль дəраматларға ийе болыўға бағдарлаў болып есапланады.
Бул өткерилген илажда қәнигелер қатнасыўшылардың қызықтырған сораўларына жуўап берип, мектеп ҳәм колледж питкериўшилерин исбилерменликке бағдарлаў, оларға бизнес реже дүзиўдиң әҳмийети, кредит алыў тәртиплери, исбилерменликти жолға қойыў ушын мәмлекетлик дизимнен өтиўдиң тәртиплерин түсиндирип, ҳәзирги күнде жаслар ушын жаратылған имканиятлар, жеңилликлер туўралы кең түрде мағлыўматлар берип өтти.