Усы жылдың 20-июнь күни Қараөзек районлық халық билимлендириӯ бөлимине қараслы улыӯма билим бериӯ мектеплериниң 11-классын питкериӯшилерине алтын ҳәм гүмис медалларын тапсырыӯға бағышланған салтанатлы кешеси болып өтти. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министри А.Аяпов, Республика оқыӯ методика Орайының директор орынбасары А.Даулетбаев, район хәкиминиң орынбасары А.Джуманиязов, районлық халық билимлендириӯ бөлими баслығы Д.Иззетуллаев, мектеп директорлары ҳәмде оқыӯшылардың қатнасында мектептеги пәнлер бойынша жуўмақлаўшы қадағалаўлары, шерек ҳәм жыллық баҳалары ең жақсы көрсеткишке ийе болған 11-класс питкериӯшилеринен 6 оқыӯшыға (2 алтын, 4 гүмис) медаллар салтанатлы түрде тапсырылды.
-Быйылғы, 2019-2020-оқыӯ жылында райондағы 33 улыӯма билим бериӯ мектеплеринен жәми 523 оқыӯшы питкерип шықты. Соннан, 506 оқыўшы жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырса, 13 оқыўшы орта арнаўлы билимлендириў мәкемелерине, 2 оқыўшы жумысқа кириўи ҳәм 2 оқыўшы әскерий хызметке тартылыўы күтилмекте – дейди районлық халық билимлендириӯ бөлими баслығы Д.Иззетуллаев.
Бәршемизге мәлим, карантин себепли мектеп питкериӯшилери өз билимлерин жеке үй шараятында телесабақлар арқалы даӯам еттириӯине туӯра келди. Сол себепли, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2020-2021-оқыӯ жылында республикамыздағы Жоқары оқыӯ орынларында қабыллаӯ квоталары 25 пайызға асырылды, абитурентлерге кириӯ имтиханларында бир қатар жеңилликлер жаратылып, мектеп питкериӯшилерин оқыӯ ҳәм жумысқа тартыӯ мәселелерине айрықшы итибар қаратылмақта.
-Районымыздағы мектеп питкериӯшилери студентлик бахтына миясар бола алмаған жағдайда да жасларымыз түскинликке түспесин. Өзиңиз нийетлеген мақсетиңизге ерисиӯ ушын алға талпыныңлар, – дейди район хәкиминиң орынбасары А.Джуманиязов. – Биз Сизлердиң ҳәм усы жылғы жоқары оқыӯ орынларын питкериӯшилердиң бәнтлигин тәмийинлеймиз, әлбетте. Буған шараятымыз де, имканиятымыз да жетерли деди.
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлигиниң баспасөз хызмети