Тахтакөпир районындағы «Атакѳл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 8-санлы улыўма орта билим бериў мектеби имараты 1988-жылы 624 оқыўшы орнына мөлшерленип, заманагѳй усылда қурылып пайдаланыўға тапсырылған. Бүгинги күнде мектепте жәми 417 оқыўшы жасларға 44 педагог хызметкерлер 2 сменада тәлим – тәрбия берип келмекте.
Дәстүр тийкарында мектеп имратына 4 млрд 40 млн сўм қаржы ажыратылып, реконструкция жумыслары алып барылыўы режелестирилген. Бүгинги күнде ООО «Нукус технология строй базис» мекемеси тәрепинен қурылыс оңлаў жумыслары басланып кәрхананың 35 га жақын жумысшылары қамрап алынған, мектепте спорт ҳәм мәжилислер заллары тѳбесин қайта шиферлаў жумыслары ҳәмде жаңа имаратқа фундамент қуйыў жумыслары толығы менен питкерилди. Бүгинги күнде гербиш ѳриў жумыслары алып барылмақта. Орынлаўшы есап бетине жәми 1млрд 380 млн сўм қаржы ѳткерилген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының 2020-жыл 30-январь күнги 5-санлы протоколы тийкарында Тахтакѳпир районы халық билимлендириў бѳлимине қараслы 2 улыўма орта билим бериў мектеплеринде капитал оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген.
Атап айтқанда «Тахтакѳпир» посёлкалық пуқаралар жыйыны Дослық гүзары кѳшесинде жайласқан 3-санлы қәнийгелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектеби имараты 1966-жылы 3 қабатлы болып, 526 оқыўшы орнына мѳлшерленип, заманагѳй усылда қурылып пайдаланыўға тапсырылған. Ҳәзирги ўақытта мектепте 18 класс жайында 818 оқыўшыға 83 педагог оқытыўшылар тәлим – тәрбия берип келмекте.
2020-жыл мектеп имаратына капитал оңлаў жумысларын алып барыў ушын 2 млрд 649 млн 200 мың сум қаржы ажыратылған. Оңлаў жумыслары ООО «Кегейли қурылыс басқармасы» тәрепинен алып барылмақта.
Тастыйықланған сметалық ҳүжжетлер бойынша имарат тѳбесин шиферлаў, сыртқы ҳәм ишки ески дийўалларды қырыў, сыбаў, бояў, жылытыў системаларын ѳзгертиў, ағаш полларды қайта оңлаў, айна ҳәм қапы блокларын алмастырыў, ҳәжетхана ҳәм имарат әтирапының қорғаншаларын капитал оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген. Соннан бүгинги күнге имарат тѳбесин шиферлаў 100%, сыртқы ҳәм ишки ески дийўалларды қырыў, сыбаў, бояў жумыслары 80%, жылытыў системаларын ѳзгертиў 70%, ағаш полларды қайта оңлаў 85%, айна блокларын алмастырыў 100% жәми 1млрд 907 млн сумлық (72%) жумыс кѳлеми ислеп питкерилди. Бүгинги күнге орынлаўшы есап бетине 679 млн 386 мың сум қаржы ѳткерилди.
Сондай-ақ, «Ғарезсизлик» мәкан пуқаралар жыйыны Дослық гүзары кѳшесинде жайласқан 6-санлы улыўма орта билим бериў мектеби имараты 1994-жылы 3 қабатлы болып, 704 оқыўшы орнына мѳлшерленип, заманагѳй усылда қурылып пайдаланыўға тапсырылған. Ҳәзирги ўақытта мектепте 22 класс жайында 508 оқыўшыға 53 педагог оқытыўшылар тәлим – тәрбия берип келмекте. 2020-жыл мектеп имаратына капитал оңлаў жумысларын алып барыў ушын 3 млрд 165 млн 800 мың сум қаржы ажыратылған. Оңлаў жумыслары ООО «Qaraqalpaqwindows» мекемеси тәрепинен алып барылмақта.
Тастыйықланған сметалық ҳүжжетлер бойынша имарат тѳбесин шиферлаў, сыртқы ҳәм ишки ески дийўалларды қырыў, сыбаў, бояў, жылытыў системаларын ѳзгертиў, ағаш полларды қайта оңлаў, айна ҳәм қапы блокларын алмастырыў, электр проводларын алмастырыў, 10 очколы жаңадан ҳәжетхана қурыў, имарат әтирапын қоршаў жумысларын алып барыў белгиленген.
Соннан бүгинги күнге имарат тѳбесин шиферлаў 100%, сыртқы ҳәм ишки ески дийўалларды қырыў, сыбаў, бояў 80%, жылытыў системаларын ѳзгертиў 70%, ағаш полларды қайта оңлаў 80%, айна блокларын алмастырыў 100%, электр проводларын алмастырыў 80% жәми 2 млрд 507 млн сумлық (74 %) жумыс кѳлеми ислеп питкерилди.
«Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 10-санлы улыўма орта билим бериў мектеби имараты 1986-жылы 2 қабатлы болып, 624 оқыўшы орнына мѳлшерленип, заманагѳй усылда қурылып пайдаланыўға тапсырылған. Ҳәзирги ўақытта мектепте 12 класс жайында 430 оқыўшыға 56 педагог оқытыўшылар тәлим – тәрбия берип келмекте.
2020-жыл мектеп имаратына оңлаў жумысларын алып барыў ушын 1 млрд 064 млн сум қаржы ажыратылған. Оңлаў жумыслары ООО «Глобол Продукт» мекемеси тәрепинен алып барылмақта.
Тастыйықланған сметалық ҳүжжетлер бойынша имарат тѳбесин шиферлаў, имарат әтирапын темир қорғанша менен қоршаў, 26 дана ески айна блокларын алмастырыў, ишки жолларға асфальт тѳсеў жумысларын алып барыў белгиленген.
Имарат тѳбесин шиферлаў, мектеп әтирапын қоршаў, айна блокларын орнатыў жумыслары толығы менен питкерилди. Бүгинги күнде мектептиң абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.
«Ѳзбекстан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 11-санлы улыўма орта билим бериў мектеби имараты 1976-жылы 1 қабатлы болып, 250 оқыўшы орнына мѳлшерленип, қолайластырылған усылда қурылып пайдаланыўға тапсырылған. Ҳәзирги ўақытта мектепте 5 класс жайында 132 оқыўшыға 32 педагог оқытыўшылар тәлим – тәрбия берип келмекте.
Бүгинги күнде әмелге асырылыўы тийис болған қурылыс жумыслары: кѳмир сақлаў амбарханасының ескиргенлиги себепли қайта оңлаў ҳәм шиферлаў, ески 6 дана спорт зал айна блокларын заманагѳй АКВА айна блокларына алмастырыў, 6 дана сыртқа шығыў қапы блокларын ѳзгертиў, сыртқы ҳәм ишки дийўалларды пардозлаў жумысларын алып барыў зәрүр.
Соннан бүгинги күнге имараттың сыртқы ҳәм ишки дийўалларды қырып сыбаў, бояў жумысларын «Айдос-Тимур» жеке меншик карханасы тәрепинен алып барылмақта.