Бүгин, 26-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлигинде 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен илаж болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министри А.Аяпов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды кәсиплик байрам менен қутлықлады.
Буннан кейин «Еркин Қарақалпақстан» ҳәм «Вести Каракалпакстана» газетасының бас редакторы К.Реймов илаж қатнасыўшыларын кәсиплик байрам менен қутлықлап, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен баспасөз ҳәм мәлимлеме тараўын басқарыўды жетилистириў, Журналистлер дөретиўшилик аўқамының, ғалаба хабар қуралларының, Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң жумысларын буннан былай да раўажландырыў, тараў хызметкерлериниң мийнетлерин хошаметлеў бағдарында қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар турмысымыздағы әҳмийетине тоқтап өтти.
Сондай-ақ, илажда Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы директоры орынбасары Н.Жақсымуратова ҳәм басқалар жыйналғанларды кәсиплик байрам менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, күнделикли турмысымыздың ажыралмас бөлеги есапланған ғалаба хабар қураллары ҳаққында сөз еткенде барқулла жаңалыққа умтылып жасайтуғын, әдиллик ҳәм ҳақыйқатлықтың жанкүйерлери, жәмийеттеги ҳәр қандай мәселе ҳәм машқалаларды өткир көзқарас пенен көтерип шығатуғын, жоқары талант ийелери – дөретиўши инсанлар көз алдымызға келеди. Бүгинги илажда мине, усы тараӯ хызметкерлериниң келешегимиз болған жас әӯладты кәмил инсан етип тәрбиялаӯда ҳәмде оқыӯ-тәрбия барысындағы жаңаланыӯларды кең жәмийетшиликке жеткерип бериӯдеги қосқан үлеси жоқары баҳаланды.
Илаж соңында бир топар ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине миннетдаршылық ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.