Усы жылдың 6-август күни Ѳзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республика билимлендириў Орайында “Улыўма орта билимлендириў сыпатын асырыў: мазмун, методология, баҳалаў ҳәм билимлендириў орталығы” атамасында халықаралық онлайн илимий-әмелий конферениция ѳткерилди.
Халықаралық илимий-әмелий конференцияға 2500 ден артық берилген материаллардан 50 ге шамаласы белгиленген критерия ҳәм талапларға жуўап берип, халықаралық экспертлер тәрепинен тийисли топламға киритиў режелестирилген.
Усы илимий әмелий конференцияға Ѳзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң биринши орынбасары У.Шарифходжаев, Республика билимлендириў Орайы директоры Ш.Саттаров, Уллы Британия, АҚШ, Россия, Ҳиндстан, Италия, Франция мәмлекетлеринен тәжрийбели халықаралық экспертлер ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң биринши орынбасары А.Худайбергенов, бѳлим баслығы А.Еримбетов, Республика оқыў методика Орайы директоры Қ.Жубанов, директор орынбасары А.Даулетбаевлар қатнасты.
Илимий әмелий конференцияға Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республика оқыў методика Орайының директор орынбасары А.Даулетбаев тәрепинен “Улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде билим сыпатын асырыўда пән дѳгереклериниң тутқан орны. Машқала ҳәм шешимлер” атамасында таярлаған материалы менен қатнасып, халықаралық ҳәм жергиликли экспертлер тәрепинен унамлы баҳаланып, илимий конференцияда 7-бағдар бойынша қатнасыўы белгиленген. Конференцияда ѳзиниң таярлаған материалын қорғаў даўамында берилген сораўларға тийисли тәртипте жуўаплар қайтарылып барылды. Илимий әмелий конференция берилген пикир усыныслар тийкарында мазмунлы ѳтти.