Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басшылығында усы жылдың 28-август күни улыӯма орта билимлендириӯ мәкемелеринде оқыӯ жылына таярлық мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өткен еди. Мәжилисте мектеплерде билимлендириӯ процессин бир ӯақыттың өзинде еки түрде шөлкемлестириӯге қарар етилди. Яғный, айырым ата-аналардың талабына бола дәстүрий менен бирге аралықтан оқыӯ жолға қойылатуғын болды. Жаңа оқыӯ жылын 14-сентябрьден баслаӯ, мектеплерде ҳәрекетлер схемасын ислеп шығып, тәжирийбеден өткериӯ бойынша тапсырма берилди.
Жоқарыдағыларды есапқа алып, усы жылдың 2-сентябрь күни Нөкис калалық халық билимлендириӯ бөлимине қараслы 31-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебинде “Пандемия дәӯиринде улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде жаңа оқыӯ жылына таярлық көриӯ ҳәмде санитариялық-эпидемиологиялық талапларының алып барылыӯ ҳаққында” көргизбели семинар шөлкемлестирилди. Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасары М.Жуманов, Денсаӯлықты сақлаӯ министрлигиниң бөлим баслығы Г.Абдисаметова, Санитария эпидемиология ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети баслығы Б.Қутлымуратов, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министри А.Аяпов, Халық билимлендириӯ бөлими баслықлары ҳәмде Нөкис қаласындағы барлық улыӯма орта билим бериӯ мектеп директорлары қатнасты. Семинар даўамында тыңлаўшылар өзлери қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.