Бүгин, 10-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлигинде Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлиги Республикалық билимлендириӯ орайы ҳәм UNICEF шөлкеми менен биргеликте усы жылдың 6-август күни «Улыӯма орта билим бериӯ сыпатын асырыӯ: мазмун, методология, баҳалаӯ ҳәм билим бериӯ орталығы» атамасындағы халықаралық онлайн илимий-әмелий конференциясында 7 педагог хызметкерлер өзлериниң баянаталары менен белсене қатнасқанлығы ушын, оларға сертификатлар тапсырыў салтанаты болып өтти.
Сондай-ақ, ҚРХБМ жанындағы Республика оқыў методика Орайының методистлери М.Бердибаева ҳәм А.Жоламановлар тәрепинен шет еллик экспертлер (Израил, Ҳиндистан, Россия) менен биргеликте улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары ушын смарт телефонларынан пайдаланып “қарақалпақша-русша”, “русша-қарақалпақша” сѳзлиги жаратқаны ушын ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды. Сыйлықлаӯ мересиминде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министри А.Аяпов сөзге шығып, қатнасыӯшыларды қутлықлап, алдағы жумысларына дөретиӯшилик табыслар тиледи. Илаж соңында педагог хызметкерлерге шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған естелик саўғалары да тапсырылды.