Әмелдеги тәртипке бола оқыў жылы 2-сентябрьден 25-майға шекем даўам етеди. Оқыў жыл 34 ҳәптеден ибарат 4 шерекке бөлинеди, ҳәр бир шерек аралығында дем алыслар белгиленген.
Министрлер Кабинетиниң 2017-жылда тийисли қарары менен тастыйықланған Нызамға муўапық, дем алыс күнлери төмендегише белгиленген:
гүзги дем алыс – 4-ноябрьден баслап 6 календарь күн;
қысқы дем алыс – 28 декабрьден баслап 14 календарь күн;
бәҳәрги дем алыс – 21 марттан баслап 7 календарь күн;
жазғы дем алыс – 26 майдан- 1-сентябрьге шекем даўам етеди.
1-класс оқыўшылары ушын болса февраль айы даўамында қосымша бир ҳәптелик дем алыс белгиленеди.
Мағлыўмат ушын, пандемия шараятында оқыў жылы 14-сентябрьден басланды, ҳәзирше дем алыс күнлерине өзгерис киргизиў жобаластырылмаған. Дем алыс күнлери кестесине өзгерис киритилсе, Республика арнаўлы комиссиясы қарары менен әмелге асырылады және бул ҳаққында кең жәмийетшилик хабардар етиледи.