“Билимлендириӯ ҳаққында”ғы Нызам Президент тәрепинен тастыйықланды, деп жазады «Ҳалқ сӯзи» рәсмий каналы.
Нызамға муӯапық, билимлендириӯ түрлери төмендегише:
- мектепке шекемги билимлендириӯ ҳәм тәрбия;
- улыӯма орта ҳәм орта арнаӯлы билимлендириӯ;
- профессионал билимлендириӯ;
- жоқары билимлендириӯ;
- жоқары билимлендириӯден кейинги билимлендириӯ;
- кадрларды қайта таярлаӯ ҳәм олардың билимин жетилистириӯ;
- мектептен тыс билимлендириӯ.
Улыӯма орта билимлендириӯ I–XI классларды өз ишине алады.
Орта арнаӯлы билимлендириӯ академиялық лицейлерде 9 жыллық таяныш орта билимлендириӯ тийкарында 2 жыл даӯамында әмелге асырылады.
Профессионал билимлендириӯ басланғыш, орта ҳәм орта арнаӯлы профессионал билимлендириӯ дәрежелерине бөлинеди.
Басланғыш профессионал билимлендириӯ кәсип-өнер мектеплеринде IX класс питкериӯшилери негизинде күндизги билимлендириӯ түринде 2 жыллық интеграцияластырылған бағдарлама негизинде бийпул әмелге асырылады.
Орта профессионал билимлендириӯ колледжлерде мәмлекетлик бӯйыртпа ямаса төлеӯ-шәртнама тийкарында мүддети 2 жылға шекемги болған күндизги, кешки ҳәм сыртқы билимлендириӯ түрлери бойынша әмелге асырылады.
Орта арнаӯлы профессионал билимлендириӯ техникумларда мәмлекетлик буйыртпа ямаса төлеӯ-шәртнама тийкарында мүддети кеминде 2 жыл болған күндизги, кешки ҳәм сыртқы билимлендириӯ түрлери бойынша әмелге асырылады.
Нызамға муӯапық, мәмлекетлик жоқары билимлендириӯ, орта арнаӯлы, профессионал билимлендириӯ мекемелери ҳәм олардың филиаллары сондай-ақ, мәмлекет қатнасындағы жоқары, орта арнаӯлы, профессионал билимлендириӯ шөлкемлери ҳәм олардың филиаллары Президент ямаса Ҳүкимет қарарлары менен шөлкемлестириледи.
Мәмлекетлик емес билимлендириӯ мекемелерин шөлкемлестириӯ олардың шөлкемлестириӯшилери тәрепинен әмелге асырылады.
Мәмлекетлик емес билимлендириӯ шөлкемлерине лицензия Билимлендириӯ сыпатын қадағалаӯ мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен бериледи.
Сондай-ақ, бул Нызам менен, 1997-жыл 29-августтағы “Билимлендириӯ ҳаққында”ғы ҳәмде “Кадрлар таярлаӯ миллий дәстүри ҳаққында”ғы Нызамлар өз күшин жоғалтты.
Бул Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.