Бүгинги Ҳиндстан билимлендириӯ системасы басланғыш, орта, жоқары ҳәм жоқары билимлендириӯден кейинги билимлендириӯди өз ишине алады. Басланғыш билимлендириӯ 8 жыл болып, соң ҳәр бири 2 жылдан болған орта ҳәм жоқары билимлендириӯ басқышларынан ибарат. Улыӯма мектеп билимлендириӯи 10+2, яғный 12 жыл даӯам етеди. Мектептен соң жоқары билимлендириӯ басланады. Бакалавр дәрежеси әдетте 3 жыл болып, айырым бағдарларда 5 жылға шекем даӯам етиӯи мүмкин. Магистратура болса 2 жылдан ибарат, бирақ бунда да айырым тараӯларда оқыӯ 3 жылға шекем созылады. Буннан соң қәлеӯшилер мүддети бир неше жылдан ибарат аспирантура, доктарантура сыяқлы билимлендириӯ дәрежелери ушын оқыӯды, илимий излениӯлерди даӯам еттириӯлери мүмкин.
Мектеп формасы
Ҳәр бир хинд мектебиниң өзиниң мектеп формасы болып, онда өзине тән көйлек, шалбар, юбка, жакет, галстук, ҳәттеки аяқ-кийимлери де ажыралып турады. Басланғыш класслар өз исм шарифи жазылған бейджик тағып жүреди. Оларды атан-анасы алып кетиӯине қарамастан, айырым ӯақытлары сабақтан соң өзлери шығып кетип жоғалып та қалады. Сонда сол бейджиклер балаға жүдә асқатады.
Мектеп ушын арнаӯлы транспорт
Хиндстанда ҳәр бир мектептиң өз транспорты болып, айырықша төлеӯ есабынан олар балаларды мектепке алып барады. Бул автобуслар қала маршурутындағы қызыл автобуслардан айырылып турыӯлары ушын сары реңде болады.
Пәнлер
Хиндстан мектеплеринде өтилетуғын пәнлер Өзбекстан мектеплериндеги пәнлерден онша парық сезилмейди. Өзимиздеги мектеплер сыяқлы Хиндстанда да тарийх, география, сүӯретлеӯ өнери, ҳуқық, химия, физика, биология, математика ҳәм информатика пәнлери өтиледи. Гуманитар пәнлер өз ишине инглис тили, ҳинд ва штаттағы жергиликли тилди өз ишине алады. Әдебият пәни мектеп дәстүрине жеке пән сыпатында киритилмеген болып ҳинд оқыӯшылары инглис тили пәни шеңберинде британ классиклери менен танысады.
Баҳалаӯ системасы
Баҳалаӯ системасы бизлердикинен кескин парық етпейди. Аӯызеки жуӯаплар ушын оқыӯшыға баҳа дерлик қойылмайды, себеби муғаллимниң бир сабақ даӯамында 60-70 оқыӯшыны баҳалаӯ ушын ӯақты да, күши де жетпейди. Әлбетте, ҳайран болмаң. Ҳәр бир класстан 60-70 оқыӯшы оқыйды (Хиндстан ҳалқы қанша екенлигин билсеңиз керек?). Соның ушын оқыӯшыларды баҳалаӯдың ең қолай усылы ретинде сабақлықтағы белгили тема жуӯмақланыӯы менен жазба бақлаӯ жумыслары алынады ҳәм баҳаланады. Ҳәр бир семестр жуӯмақланыӯы менен ҳәр бир пәннен 100 баллық системада бақлаӯ жумыслары алынады.
Ең жоқары балл топлаған питкериӯши класс оқыӯшыларының исм шарифи арнаӯлы тахталарға жазылып пүткил қалада: көшелерде, бәндиргилерде ҳәм қала транспортларында илип қойылады.