Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-майдағы “Мектепке шекемги, улыӯма орта, орта арнаӯлы, кәсип-өнер ҳәм мектептен тысқары мәмлекетлик билимлендириӯ мекемелери педагог кадрларды аттестациядан өткериӯ тәртиби туӯралы Режени тастыйықлаӯ ҳаққында”ғы 392-санлы қарары менен тастыйықланған режениң 83-бәнтинде, яғный аттестациядан өткенлиги ҳаққындағы сертификатқа ийе болмаған жумысқа жаңадан қабыл етилген педагог кадрларға ямаса жоқары яки кәсип-өнер билимлендириӯ мекемелрин питкерип биринши рет жумысқа кирген педагог кадрларға төмендеги тәртипте қәнигелик (лаӯазым)категориясы бериледи:
Орта арнаӯлы, кәсип-өнер мағлыӯматлы педагог кадрларға – орта арнаӯлы, кәсип-өнер мағлыӯматлы оқытыӯшы лаӯазымы бериледи.
Бакалавр дәрежесине ийе педагог кадрларға — қәниге ямаса жоқары мағлыӯматлы оқытыӯшы лаӯазымы бериледи.
Магистр дәрежесине ийе педагог кадрларға — 2-қәнигелик категориясы ямаса үлкен оқытыӯшы лаӯазымы (усы қәнигелик категориясы ямаса лаӯазымына ийе болған педагог кадрлар 5 жылдан кейин белгиленген тәртипте нәӯбеттеги аттестацияға тартылады.
Илимий дәрежеге ийе яғный илим кандидаты, философия докторы ҳәмде илим докторы илимий дәрежесине ийе болған педагог кадрларға — жоқары қәнигелик категориясы ямаса бас оқытыӯшы лаӯазымы бериледи ҳәмде усы қәнигелик категориясына ийе ямаса лаӯазымға ийе болған педагог кадрлар кейинги аттестацияларға тартылмайды.