Бүгин, 19-октябрь күни Қараөзек районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 28-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Халық билимлендириў тараўында билимлендириўдиң сапасын баҳалаў системасында халық аралық изертлеўлерди шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 8-декабрьдеги 997-санлы қарары тийкарында белгиленген Progress In International Reading and Literacy Study (PIRLS) баслаўыш класс оқыўшыларының текстти оқыў ҳәм түсиниў дәрежесин баҳалаў бойынша қарақалпақ тилинде тәжрийбе сынаў жумыслары басланды.
Мағлыӯмат ушын, усы жылдың 20-октябрь күни усы райондағы 13-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде ал, усы тәжирийбе сынаў жумыслары өзбек тилинде 21-22-октябрь күнлери Әмиўдәрья районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 28- ҳәм 31-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде өткерилиўи белгиленген.