Хабарыңыз бар, Президентимиздиң басшылығында усы жыл 19-март күни жасларға итибарды күшейтиў, жас әўладты мәденият, көркем өнер, денетәрбиясы ҳәм спортқа кеңнен тартыў, оларда мәлимлеме технологияларынан дурыс пайдаланыў көнликпесин қәлиплестириў, жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилип, онда мәмлекетимиз басшысы 5 әҳмийетли басламаны алға қойған еди. Мине, бунда төртинши баслама жаслар мәнаўиятын жоқарылатыў, олардың арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша системалы жумысларды шөлкемлестириўге бағдарланған.
Жақында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлиги жанындағы Республика оқыӯ методика Орайы директор орынбасары Айбек Даулетбаев өзи билим алған, Қоңырат районындағы 15-санлы улыўма билим бериў мектебине 1 комплект “Қарақалпақ фольклоры” ҳәмде 300 дана адебий китаплар саўға етти.
Сондай-ақ, оқыўшылар менен сәўбетлесиў барысында китап оқыўдың әҳмийети, бүгинги күнде жасларға жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында кең түрде түсиник берди.
Мектеп китапханасына тапсырылған бул китаплар оқыўшылардың руўхый интеллектуаллық потенциалын, сана-сезимин ҳәм дүнья танымын кеңейтиўге, келешекте кәмил инсанлар болып жетилисиўине, олар арасында китапқумарлық мәдениятын буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.