Журт басшымыз ҳәмде ҳүкиметимиздиң билимлендириў саласына итибары тийкарында халық билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша кейинги жыллары бир қанша көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда: бир ғана 2019-жылда Қарақалпақстан Республикасында жергиликли бюджет қаржылары есабынан мектеплердиң материаллық-техникалық базасы ҳәм инфраструктурасын жақсылаўға 136 млрд 8 млн сўм ажратылды.
2020-жыл 18 улыўма билим бериў мектеплерине Инвестиция бағдарламасы тийкарында 34 млрд 500 млн сўм қаржы, «Крезиске қарсы гүресиў» фонды қаржылары есабынан 34 млрд 600 млн сўм қаржы муғдарында 14 мектепте қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды.
Усы жылы жергиликли бюджет қаржылары есабынан 23 объектлерде капитал ҳәм ағымдағы қурылыс-оңлаў жумыслары ушын 12 млрд 400 млн сўм муғдарында қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылды.
Сондай-ақ, 2016/2020-жыллар даўамында 416 мектеп заманагөй компьютер техникасы менен үскенеленди, нәтийжеде 2015-жылға салыстырғанда компьютер менен тәмийинлениў 33 пайызға өсти, сондай-ақ, 2020-жыл Корея Республикасының «Эксимбанк» шөлкеми менен биргеликте ислесиў жойбары шеңберинде 260 мектепке жәми 3 мың 997 комплект заманагөй компьютер техникасы менен тәмийинленди.