30-октябрь күни Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың басшылығында “Өзбекстанда тәлим-тәрбия системасын жетилистириў, илим-пән тараўы раўажланыўын жеделлестириў мәселелерин талқылаўы бойынша” видеоселектор мәжилиси болып өтти. Усы мәжилисте мәмлекетимиз басшысы республикамызда билимлендириӯ тараӯының анық бир жолға түсип, қәлиплестиретуғын ӯақыттың келип жеткенлигин дәлиллеп берди. Соңғы күнлери ғалаба хабар қуралларының ҳәм социаллық тармақлардың тийкарғы жаңалық тарқатыӯ объектине айланып турған Президентимиздиң “Мәмлекетимиз тәлим-тәрбия системасын жәнеде раўажландырыў, илим-пән тараўы раўажланыўын жеделлестириўге байланыслы қосымша
ис-илажлар ҳаққында”ғы Пәрман жойбарының додалаӯы көп санлы билимлендириӯ тараӯы зиялыларының көп жыллардан берли әрман етип күткен тарийхый әҳмийетке ийе, Өзбекстан билимлендириӯ тараӯының жаңаша бағдарда раӯажланыӯ жолын белгилеп беретуғын ең тийкарғы пәрман болып табылды.
Буннан бир ҳәпте алдын усы пәрман жойбарын кең жәмийетшиликке додалаӯға усынылып, билимлендириӯге тийисли бәрше тараӯ ӯәкиллери усы пәрман жойбары бойынша өзлериниң усыныс ҳәм тилеклерин билдирди. Соның менен бирге жергиликли кеңес депутатлары бул пәрман жойбарын район(қала)лық сессияларында додалап, жуӯмақластырып, 2020-жыл 28-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң оныншы сессиясында толықтырылып, қайта қарап шығылып, Пәрман жойбары бойынша усыныс ҳәм пикирлер тастыйықланды.
Бунда тийкарынан жаңадан ислеп шығылып атырған Миллий оқыў бағдарламасы жойбарына Қарақалпақстан Республикасының ишки имканиятларынан келип шығып, бир қанша усыныс ҳәм пикирлер берилди. Мысалы ушын, “Қарақалпақ тили” (мәмлекетлик тил), “Қарақалпақстан тарийхы”, “Қарақалпақстан географиясы” пәнлерин киргизилиӯин, ана тили пәнин оқытыўдың жаңа методикасын ислеп шығыў усы күнге шекем мектеп билимлендириӯ сабақлықларында жоқ еди.
Мәжилисте Журтбасшымыз билимлендириӯ тараӯы басшыларына соның менен бирге, көп жыллардан берли билимлендириӯ тараӯының методикасы менен шуғылланып, ислеп атырған қәнигелерге бир қанша ӯазыйпалар белгилеп берди. Соның ишинде биринши нәӯбетте районлық ҳәм қалалық ҳалық билимлендириӯ бөлими баслықлары, билимлендириӯ тараӯы бойынша ҳәким мәсләҳәтшиси деген лаӯазымға ийе болды. Және де мектеп директорын тайынлаӯ халық депутатлары жергиликли кеңестиң усынысы менен лаӯазымға тастыйықланады. Бунда конкурс арқалы таңланады. Мектеп директорына талабан мектеп билимлендириӯин раӯажландырыӯ бойынша өзиниң 3 жыллық бағдарламасы менен қатнасады. Және де мәмлекетимизде руӯхый-ағартыӯшылық жумысларын буннан былайда жетилистириӯ мақсетинде, жасларымызды ана-Ӯатанға садық, Президентимиз ҳәм ҳалқымызға бар билим күш жигерин жумсайтуғын кәмил инсан болып қәлиплесиӯинде мектеплерге жазыӯшы ҳәм шайырлардан усы мәселелерди дурыс үгит-нәсиятлаӯ мақсетинде, директор фондынан жергиликли қаржыландырыӯ есабынан 1 штат бирлиги берилетуғын болды. Бундағы тийкарғы мақсет Ҳүрметли Президентимиздиң «Биз устазды атамыздай уллы деп билген, бәрҳә қәдирлеген ағартыӯшы халықтың ӯәкиллеримиз. Мен де оқытыӯшы, муғаллим дегенге өзим ушын ең әзиз ҳәм ҳүрметли болған, зиялы ҳәм заманагөй, кишипейил ҳәм меҳрибан инсанларды көз алдыма келтиремен. Себеби, ҳәммемизге де сол муғаллим сабақ ҳәм билим берип, меҳрибан ата-анамыздай тәрбиялаған. Бүгинги күнде Өзбекстанның жаңа раӯажланыӯ дәӯири тырнағын жаратып атырмыз. Бунда бизиң ең жақын көмекшилеримиз устаз ҳәм муғаллимлеримиз, илимий ҳәм дөретиӯши зиялылармыз” деп анық көрсетип берди.
Соның менен бирге, усы мәжилисте Журтбасшымыз көп жыллардан берли арнаӯлы бир қәлипке түспеген Өзбекстан билимлендириӯ тараӯына жаңадан бурылыс жасап, тарийхый әҳмийетке ийе билимлендириӯдиң жаңа методын ислеп шығыӯ бойынша мүддет белгилеп, тийисли тараӯ ӯәкиллерине ис илажларын ислеп шығыӯ тапсырылды. Мектепте балаға ядлатыӯдан гөре пикирлеӯ ҳәм ой жуӯыртыӯын раӯажландырыӯ мақсетинде, дүнья жүзинде ҳалқы саны аз мәмлекетлердиң бири Финляндияның билимлендириӯ методынан пайдаланыӯды усыныс етти. Өйткени, бул мәмлекет улыӯма саӯатлылық, тәбийий пәнлер ҳәм математика бойынша ең алдыңғылардың бири саналады. Жәнеде әҳмийетли өзгерислердиң бири мектеп билимлендириӯиндеги муғаллимлердиң мийнетлерин баҳалаӯ әмелдеги 4 басқышлы аттестациядан өткериӯ тәртиби ҳәм соның менен бирге категориялар бериӯ тәртиби де әпиӯайыластырылды. Себеби Жутбасшымыздың айтқанындай «Мектепте оқытыӯ методикасы өзгермесе, билимлендириӯ сыпаты да, мазмуны да, билимлендириӯ орталығы да өзгермейди » деген еди.
Мәмлекетимиздиң раӯажланыӯы жолында киши ҳәм орта бизнестиң орны жүдә гиреӯли, сонлықтан да жас әӯладты белгили бир кәсипке бағдарлаӯ тийкарғы ӯазыйпамыз. Мине, соның ушын да 7-класстан оқыӯшыларды кәсипке қызығыӯшылығын анықлаӯ ҳәм басқышпа-басқыш кәсипке бағдарлаӯ әмелияты енгизилиӯи белгиленди. Және де аймақтағы аӯыл-хожалығы ҳәм хызмет көрсетиӯши мекеме ҳәм ири ислеп шығарыӯшы кәрханалар мектеплерге бириктирилди. Мектеплердиң рейтинг көрсеткиши билимлендириӯ сапасы бойынша нәтийжелерине қарап, мектеп директорлары ҳәм орынбасарлары, оқытыӯшылар, хәкимлер ҳәм олардың билимлендириӯ бойынша мәсләҳәтшылары жумысына баҳа бериледи. Бунда рейтингте биринши бесликке кирген мектеп директорларына жергиликли бюджеттен үстеме төленеди. Яғный, мектеп директорлары ҳәм олардың орынбасарларына ис ҳақы төлеӯ ең кем ис ҳақының 3 есесинен 12 есесине шекем хошаметлендириледи. Соның менен бирге, Халық билимлендириӯ бөлими баслығы ҳәм методист, мектеп директорлары рейтинг көрсеткишинде биринши ҳәм екинши орынларды ийелеген мектеплердиң 2 ағла муғаллимлерине кәсиплик аӯқамы есабынан ҳәр жылы дем алыӯ санаторияларына еки ҳәптелик бийпул жоллама бериледи. Сондай-ақ, пидайы педагоглар басқада жоллар менен хошаметленип барылады.
Мектеп питкериӯшилериниң Жоқары оқыӯ орнына болған талабын қанаатландырыӯ мақсетинде, және де Жоқары оқыӯ тараӯында саламат бәсеки орталығын қәлиплестириӯ ҳәм қамтып алыӯды әмелге асырыӯ ушын, ҳәр бир аймақта кеминде биреӯден мәмлекетлик емес жоқары билимлендириӯ орнын шөлкемлестириӯ кереклигин айтып өтти.
Ҳүрметли кәсиплеслер, қәдирли муғаллимлер! Журтбасшымыздың мектеп билимлендириӯине деген айрықша дыққат итибарынан келип шығып, биз муғаллимлерге мәмлекетимиздиң келешегиниң тийкары болған перзентлермизге сапалы билим бериӯге барлық қолайлық ҳәм мүмкиншиликлерди жаратып берип атыр. Сонлықтанда ҳәр бир муғаллим өзиниң пәнине ҳәр бир оқыӯшысының сапалы билим алыӯына бар күш жигерин жумсап, оқыӯшыларының келешекте Өзбекстан Республикасының раӯажланыӯы ушын салмақлы үлес қосатуғын пидайы инсан болып қәлиплесиӯинде өзиниң бар билимин аянбай жумсаӯға шақырып қаламан.
А.Аяпов
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министри