Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстанның жаңа раӯажланыӯ дәӯиринде тәлим-тәрбия ҳәм илим тараўларын раўажландырыӯ илажлары ҳаққында”ғы Пәрманы қабыл етилди. (ПФ-6108-санлы, 06.11.2020-ж.)
Пәрманға муӯапық, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 3-майдағы “Қәбилетли жасларды анықлаӯ ҳәм жоқары қәнигели кадрлар таярлаӯдың үзликсиз системасын шөлкемлестириӯ илажлары ҳаққында”ғы қарарында дизими белгиленген халықаралық пән олимпиадаларында жеңимпазлықты (алтын, гүмис, бронза медалы) қолға киргизген оқыӯшыларды таярлаған улыӯма билим бериӯ мекемелериниң оқытыӯшыларына – жоқары, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер мектеплериниң оқытыӯшыларына – бас оқытыӯшы қәнигелик категориясы бериледи.
Сондай-ақ, республика пән олимпиадаларында ҳәм көрик-таңлаӯларының республика басқышында жеңимпазлықты қолға киргизген оқыӯшыларды таярлаған оқытыӯшылардың қәнигелик категориясы бир пағанаға жоқарылатылады.