Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-марттағы “2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раӯажландырыӯдың бес раӯажланыӯ бағдары бойынша Хәрекетлер стратегиясын “Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раӯажландырыӯ жылы”нда әмелге асырыӯға тийисли мәмлекетлик дәстүри ҳаққында”ғы ПФ-5953-санлы Пәрманында көрсетилген 159-бәнтиниң орынланыӯын тәмийинлеӯ мақсетинде Республика билимлендириӯ орайында Миллий оқыӯ дәстүрин ислеп шығыӯ бойынша дөретиӯши топар қәлиплестирилди. Дөретиӯши топар тәрепинен Миллий оқыӯ дәстүр жойбары ислеп шығылды ҳәм додалаӯ ушын интернет тармағына жайластырылды.
Мине, бүгин, 11-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлигиниң мәжлислер залында Миллий оқыӯ дәстүрин экспертизадан өткериӯ мақсетинде пәнлер кесиминде бириктирилген Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлиги жанындағы Республика оқыӯ методика Орайы пан методистлери ҳәмде педагог хызметкерлер қатнасыӯында ушырасыӯ болып өтти ҳәм ана тили ҳәм әдебияты пәни бойынша додалаӯ жумыслары алып барылды.
Пәнлер кесиминде Миллий оқыӯ дәстүрин экспертизадан өткериӯ жумыслары даӯам етпекте.
Миллий оқыӯ дәстүрин экспертизадан өткериӯ кестеси:
11-ноябрь күни – Ана тили ҳәм әдебияты;
12-ноябрь – орыс тили (рус), орыс тили (миллий);
16-ноябрь – физика;
17-ноябрь – математика;
18-ноябрь – биология;
19-ноябрь – химия;
23-ноябрь – география;
24-ноябрь – тарийх, мәмлекетлик ҳуқық тийкарлары;
25-ноябрь – технология, сүӯретлеӯ өнери ҳәм сызыӯ, музика;
26-ноябрь – ЖШШТ, дене тәрбия;
27-ноябрь – информатика ҳәм АТ, инглис тили, немис тили, француз тили.