— “Алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң тарқатылыӯын ҳәмде қолланыӯын шеклеӯ ҳаққында”ғы Нызамның 13-статьясы ҳәмде Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл 13-февральдағы 75-санлы қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасында усақлап сатыӯ саӯда қағыйдалары”ның 60-бәнтинде алкоголь ҳәм темеки өнимлерин реализация етиӯге шеклеӯлер белгиленген болып, оған муӯапық, бул өнимлерди билимлендириӯ, спорт ҳәм диний мекемелеринен 500 метрден кем болмаған аралықта жайласқан саӯда объектлери тәрепинен реализация етиӯ мүмкин емес.
Ҳәкимшилик жуӯапкерлик ҳаққындағы кодекстиң 186-статьясында этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин нызамға қайшы түрде ислеп шығарыӯ ямаса айланысқа киритиӯ ушын хәкимшилик жуӯапкершилик нәзерде тутылған.