«Бүгинги күнге келип, республика бойынша улыўма 140 толық жеке мәмлекетлик емес улыўма билим бериў мектеби хызмет көрсетпекте.
Сондай-ақ, 18 мәмлекетлик емес улыўма билим бериў мектебин шөлкемлестириў бойынша мәмлекет-жеке шериклик ҳаққындағы питимлерге қол қойылған. Ташкент қаласында 52 мәмлекетлик емес улыўма билим бериў мәкемеси бар. Мәмлекетлик емес улыўма билим бериў мәкемелер саны соңғы жылларда мәмлекетлик емес тәлим секторына болып атырған итибар ҳәм мәмлекет-жеке шериклик механизмлери есабына 6 есеге асқан», – дейди министрлик ўәкили.
Ол жеке мектепти питкерип атырғанда қандай көринистеги гүўалық алыўы ҳаққындағы сораўға жуўап қайтарған.
«Илгерилери мәмлекетлик емес улыўма билим бериў мәкемелери питкериўшилери усы мектептиң гүўалығын алыў мүмкиншиликлери жоқ еди. Олар мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеплеринде экстернат жол менен жуўмақлаўшы имтихан тапсырып, мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеп гүўалығын алатуғын еди.
Бүгинги күнде тийисли норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киритилип, мәмлекетлик емес улыўма билим бериў мәкемелери де тап мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеплери сыяқлы питкериўшилерине мәмлекет үлгисиндеги гүўалық бериўлерине шараят жаратылды», – деди ХБМ Басқарма баслығы Сарварбек Саъдуллаев МҒКАдағы брифингде. (дерек: kruz.uz)