Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 29-декабрьдеги 61-q/q-санлы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 30-декабрьдеги 59-q/q-санлы «2020-2021-оқыў жылында улыўма билим бериў пәнлери бойынша Республика пән олимпиадасының III (ўәлаят) басқышын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы Қоспа қарарының 1-қосымшасы тийкарында пәнлер олимпиадасының III Республикалық басқышы өткерилиўи режелестирилген.
5-10-январь күнлери аралығында Қарақалпақстандағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-10-11-класс оқыўшылары арасында пайтахтымыздың «Прогресс» билимлендириў ҳәм раўажландырыў Орайы жанындағы 46-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебиниң павильоны менен айырым пән кабинетлеринде олимпиада өткерилиӯи режелестирилген.
– Улыўма билим бериў пәнлери бойынша олимпиадаға бүгинги күнде республикамыздың орта мектеплеринен жәми 1 мың 599 оқыўшы қатнаспақта, – дейди Республикалық оқыў-методикалық орайының директоры орынбасары А.Даулетбаев. – Олардың билимин әдил түрде сынақтан өткериў ушын басқарма жанындағы методикалық хызмет методистлери қупыялықты сақлаған ҳалда тапсырмалар менен тест сораўларын таярлады. Өткерилип атырған олимпиадаларда 100 ден аслам педагог-оқытыўшылар, улыўма орта билим бериў мектеплериниң тәжирийбели муғаллимлери төрешилик етпекте. Оқыўшылардың еркин, билимине сүйенген ҳалда сынақтан өтиўин тәмийинлеў мақсетинде аудиториялар, керекли канцеляриялық қураллар таярланып, зәрүрли шараятлар жаратылды. Сораўлар ҳәм тапсырмалар ҳәр бир оқыўшы ушын өз алдына, көп вариантлылық тийкарында ислеп шығылды. Оқыўшылардың ата-аналары ҳәм оқытыўшылар ушын олимпиада өткерилетуғын орынларда шараятлар жаратылып, узақ районлардан келетуғын оқыўшылар ушын жатақханалар таярланды.